Telegram karinform

Экономика

  • 19.09.2018 15:51
  • 1944

Өзбекстанда Арқа Үстирттеги кәнлер негизинде Castrol майлары ислеп шығарылады

Өзбекстанда Арқа Үстирттеги кәнлер негизинде Castrol майлары ислеп шығарылады
ВР трансмиллий нефть-газ компаниясы Өзбекстандағы жумысларын кеңейтиўге тайын. Бул ҳаққында компанияның сиясий мәселелер бойынша кеңесгөйи Майкл Денисон айтып өтти, деп жазады Spot басылымы.
Оның сөзлерине қарағанда, компания Қарақалпақстанның Арқа Үстирти ҳәм Ферғана ўәлаятындағы перспективалы кәнлер бойынша жумыс алып барады. Ол жерде углеводородларды қазып алыў ушын алдын қолланылмаған технологиялардан пайдаланыў жобаластырылмақта.
- ВР компаниясы Castrol май өнимлери сатыўын республикада перспективалы ислеп шығарыўды жолға қойыў менен кеңейтиўди жобаластырмақта, - деп айтып өтти Денисон.
Сондай-ақ, компания өз технологияларын енгизиў арқалы альтернативалық энергия дәреклерин раўажландырыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға қатнасыўды жобаластырмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин. Бул бойынша нызам жойбары жәмийетшиликтиң...