Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.10.2018 15:43
  • 1645

Корея Республикасының KOICA шөлкеми ўәкиллери НМПИге келди

Корея Республикасының KOICA шөлкеми ўәкиллери НМПИге келди
5-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Корея халықаралық бирге ислесиў шөлкеми – KOICAның Өзбекстандағы ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
Институт ректоры Б.Отемуратов халықаралық шөлкемниң волонтёрлар координаторы Ким Хёнжонг, KOICAның Өзбекстандағы офиси хызметкери Ш.Шукуров, инторнёр Ли Жисон ҳәм волонтёрлар Ким Ёнгран, Ли Бонглим, Ли Цэонгсокларды елимизге сапар етиўи менен қызғын қутлықлады. Институтта билимлендириў сапасының нәтийжелилигин арттырыў, илимий-әмелий байланысларды күшейтиў бойынша еки тәреплеме алып барылып атырған жумысларға унамлы баҳа берди.
Корея Республикасының KOICA шөлкеми ўәкиллери НМПИге келди
Сапардан гөзленген мақсет, шөлкем волонтёрларының институтта алып барып атырған жумыслары менен танысыў ҳәм алдағы ўақытта оқыў және жәмийетлик бағдарларда бирге ислесиўди еле де жетилистириўден ибарат.
Корея Республикасының KOICA шөлкеми ўәкиллери НМПИге келди
Өз гезегинде, халықаралық шөлкемниң волонтёрлар координаторы Ким Хёнжонг жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм бирге ислесиў бағдарындағы әмелий қоллап-қуўатлаўлар ушын институт ректораты ҳәм жәмәәтине шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
Корея Республикасының KOICA шөлкеми ўәкиллери НМПИге келди
Ушырасыў жуўмағында еки тәреплеме байланыслар ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша өз ара келисимлер қабылланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны