Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.10.2018 10:52
  • 1466

Жеке меншик мектеплер мәмлекетлик үлгидеги аттестатларды бере ала ма?

Жеке меншик мектеплер мәмлекетлик үлгидеги аттестатларды бере ала ма?
Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталында Министрлер Кабинетиниң «Мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелерин қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары жойбары жәрияланды, деп хабар бермекте Daryo.uz Podrobno.uz хабары тийкарында.
Ҳүжжет жойбарына муўапық, Өзбекстанда мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерине аттестатлар берилиўи Билимлендириў сапасын қадағалаў бойынша Мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен жуўмақлаўшы аттестацияға жиберилген питкериўшилердиң санынан келип шыға отырып, аттестатлар бериў ушын жеке меншик мектеплерден келип түскен мүрәжатлар тийкарында әмелге асырылады.
Соның менен бирге, Мәмлекетлик инспекция жеке меншик мектеп питкериўшилерине берилетуғын аттестатлардың үлгилерин ғәрезсиз түрде ислеп шығады ҳәм тастыйықлайды.
Атап өтилиўинше, мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери питкериўшилерине берилетуғын аттестатлар оларға кейинги дәрежедеги билимлендириў мәкемелеринде оқыўын даўам еттириў ҳуқықын береди.
Еки айлық мүддет ишинде Мәмлекетлик инспекцияға Министрлер Кабинетине жеке меншик мектеплер питкериўшилерин жуўмақлаўшы аттестациядан өткериў тәртибин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаўға киргизиў ўазыйпасы жүкленеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,