Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.10.2018 12:10
  • 1444

Владимир Путинниң елимизге сапары шеңберинде «Ректорлар форумы» өткериледи

Владимир Путинниң елимизге сапары шеңберинде «Ректорлар форумы» өткериледи
Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң Өзбекстанға сапары шеңберинде бизнес тараўында 20 млрд доллар әтирапындағы келисим ҳәм шәртнамаларға қол қойылыўы күтилмекте. Бул ҳаққында ҳүкимет ўәкили мәлим етти, деп жазады Kun.uz сайты.
Атап өтилиўинше, Россия биринши мәрте кең қурамдағы делегациядан ибарат болған ҳалда Өзбекстанға келеди. Ҳүкиметлик басшылар, ири бизнес ўәкиллеринен қуралған делегация ағзалары 800 ден асламды қурайды. Усы ўақытқа шекем Өзбекстанға келген Россия делегациясы саны 200 адам қурамында болған.
Сондай-ақ, Россияның 70 тен аслам атақлы жоқары оқыў орынлары ректорлары да келеди ҳәм Өзбекстанда биринши мәрте «Ректорлар форумы» өткериледи. Онда Өзбекстан ҳәм Россия жоқары оқыў орынлары арасында бирге ислесиў мәселелери де додаланады.
Атап өтилгениндей, сапарды Россия ҒХҚларының 200 ден аслам журналистлери сәўлелендиреди. Буның ушын барлық шараятлар жаратылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген