«Китап – ақылына ҳақы сорамайтуғын ең жақсы ғәзийне» деген еди түркий халықлардың белгили ойшылы, шайыр Әлийшер Наўайы. Қай заманда жасасаңыз да китап өз қунлылығын жойтпайды. Китап – раўажланыўға қарай бағдарлайды. Заман раўажланып, қаншама жетилискен техника, технологиялар жаратылмақта. Бирақ, олар китаптың орнын баса алмайды. Китап оқыған адамның жолы ҳәмийше жақты болады. Төменде биз китап оқыўдың тийкарғы 7 пайдалы тәрепи ҳаққында айтып өтиўди мақул деп есапладық.
1) Китап оқыў – қоршаған орталықты, дүньяны ҳәм өзин аңлаўға жәрдемлеседи.
2) Китап оқыў – есте сақлаў ҳәм ойлаў қәбилетин раўажландырады. Яғный, көп китап оқыған адамның есте сақлаў дәрежеси жақсы, тез ойлап, тез жуўмақ шығара алатуғын болады.
3) Китап оқыў – талқылаўға, анализ жасаўға ҳәм жеке пикирдиң қәлиплесиўине бағдарлайды.
4) Китап оқыў – көплеген табыс ҳәм жетискенликлерге тийкар болады.
5) Китап оқыў – адамлар менен дурыс қарым-қатнас жасаўға үйретип, дурыс сөйлеўди қәлиплестиреди.
6) Китап оқыў – сөзлик қорды байытады ҳәм саўатлылық дәрежени арттырады.
7) Китап оқыў – адам бойындағы жасырын жатырған дөретиўшилик қәбилетти раўажландырады.
Ислам Матеков.