Қаўын С витаминине байҚаўынның ҳәр қандай сортының 100 грамм бөлеги бир күн даўамында С витаминине болған талапты қанаатландырады. Бул витамин организмдеги жаралардың тез питиўи ҳәм тис және сүйеклердиң тез қәлпине келиўине жәрдемлеседи.
А витамини де барҚаўынның қурамында А витамини де көп ушырасады. Бул витамин тери ҳәм көздиң қарашығына жақсы тәсир етип ғана қоймай, көздиң көриўин жақсылайды. Бул витаминниң жетиспеўшилиги иммунитеттиң төмен болыўына себепши болады.
Қуўатлылық бередиҚаўынның көпшилик түрлери В витаминине бай болады. Бул витамин қант ҳәм углеводларды өндиретуғын болғанлықтан организмиңиз күн даўамында қуўатлылыққа толы болады.
Азыўға жәрдемлеседиБарлық жемис ҳәм өнимлер сыяқлы қаўын азыўға жәрдемлеседи. Оның калориясы оғада аз болып, қурамында май улыўма болмайды. Қурамындағы суўдың көп болыўы күн даўамында өзиңизди тоқ сезиўге жәрдем береди. Ал мазалы дәми болса шоколадқа деген талапты қанаатландырады.
Рактың алдын аладыҚурамындағы көп муғдардағы каротноидлар рак кеселлигиниң алдын алады.
Бөтеке аўырыўын емлейдиҚаўынды азанғы аўқат сыпатында қоллансаңыз бөтеке аўырыўларын емлеўде жақсы нәтийже береди.
Ас сиңириў системасын жақсылайдыҚаўын ишеклерди тазартып, иш қатыўдың алдын алады. Қурамындағы минераллар асқазанда пайда болатуғын кеселликлердиң алдын алады.
Қаўын таза терини қәлиплестиредиҚаўынның қурамындағы витаминлер териниң жақсы болыўын тәмийинлейди. Қартайыўға қарсы ең жақсы қурал да қаўын есапланады. Қаўынның пәллесин бетиңизге ҳәм мойныңызға 15-20 минут койсаңыз териңизди жақсылайды.
Шаш түсиўиниң алдын аладыҚаўынның қурамындағы витаминлер шашыңызды беккемлеп, оның төгилиўиниң алдын алады.
Ислам Матеков.