
Сауд Арабиясының патшалық сарайы шахзада Бандар бин Фад бин Сауд бин Абдулрахман Әл Саудтың қайтыс болғаны ҳаққында хабар тарқатты.
Шахзада 16-август күни қайтыс болған. Бүгин оны жерлеў мәресими болып өтти. Оның не себеп қайтыс болғаны ҳәзирше белгисиз қалмақта.
Еслетип өтемиз, 8-август күни Сауд Арабиясының патшалық сарайы және бир шахзада Сальман бен Абдаллах бен Турки Әл Саудтың дүньядан өткенин хабарлаған еди. 26 жаслы шахзаданың жүрек аўырыўдан қайтыс болғаны айтылған еди.
Сахибжамал Есемуратова.