Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.11.2018 17:06
  • 1962

Instagram’да ең көп жазылыўшыларға ийе Роналду ҳәм Селена Гомеслердиң тармақтағы бетине реклама қойыў баҳасын билесиз бе?

Instagram’да ең көп жазылыўшыларға ийе Роналду ҳәм Селена Гомеслердиң тармақтағы бетине реклама қойыў баҳасын билесиз бе?
Ҳәзирги күнде ең белгили адамларды анықлаўдың ҳәр қыйлы жоллары бар. Солардың бири Instagram социаллық тармағындағы жазылыўшылардың саны болып табылады. Кимниң рәсмий бетинде жазылыўшылардың саны көп болса, демек ол белгили инсанлардың қатарында дегени.
Социаллық тармақтағы жазылыўшылардың саны бойынша футболшы Криштиану Роналду жақында ғана биринши орынға көтерилди. Ол усы күнге шекем усы рейтинг бойынша бириншиликти бермей киятырған қосықшы Селена Гомести артта қалдырды. Ҳәзир Роналдуда 144 336 300 жазылыўшы болса, Селена Гоместиң жазылыўшылары оннан 15 000 ға аз.
Hopper сервисиниң мәлим етиўинше, Роналдудиң тармақтағы бир рекламалық жазбасының баҳасы 750 мың АҚШ долларын қурайды. Ал Селена болса 800 мың АҚШ доллары деп белгилеген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин. Бул бойынша нызам жойбары жәмийетшиликтиң...