Пүткил елимизде болғаны сыяқлы Қарақалпақстанда да халықтың саламатлығын қорғаў, медициналық хызметти жақсылаў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, 2017-2018-жылларда инвестициялық бағдарлама шеңберинде 36 объектте 84 миллиард сумнан аслам жумыслар орынланып, олар 2,8 миллион АҚШ доллары көлеминдеги заманагөй әсбап-үскенелер менен үскенеленди.
«Қоңырат» пуқаралар жыйынындағы 23-шаңарақлық поликлиника быйылғы жылы реконструкцияланды. Заманагөй диагностикалық ҳәм емлеў үскенелери орнатылды.
Бул поликлиника «Қоңырат», «Шоманай», «Қаңлы» аўыл пуқаралар жыйынларында жасайтуғын 12 мың халыққа хызмет көрсетеди. Жоқары мағлыўматлы шыпакерлер бир күнде 100 адамға хызмет көрсетеди.
Поликлиника қурамында бес орынлық стационар ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем шақапшасы шөлкемлестирилген. Ҳаял-қызлар мәсләҳәтханасы, өспирим қызлар бөлмеси, социаллық дәрихана, фитобар ашылған.
Президент Шавкат Мирзиёев халықтың саламатлығын беккемлеў бойынша жумыслар избе-из даўам еттирилиўин, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм балалар саламатлығы ушын барлық шараят жаратылыўын атап өтти.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz