Telegram karinform

Сиясат

  • 15.11.2018 22:24
  • 1797

Шавкат Мирзиёев Қоңырат районындағы 90 нан аслам бала тәрбияланып атырған «Wunderkinds in Kungirad» бақшасын барып көрди

Шавкат Мирзиёев Қоңырат районындағы 90 нан аслам бала тәрбияланып атырған «Wunderkinds in Kungirad» бақшасын барып көрди
Мәмлекетимиз басшысының мектепке шекемги билимлендириў системасын раўажландырыўға қаратып атырған айрықша итибары нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасында да заманагөй балалар бақшалары қурылмақта.
Қоңырат районында мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында шөлкемлестирилген «Wunderkinds in Kungirad» мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси солардың бири болып табылады.
Районда пайдаланылмай турған имарат «ноль»лик баҳада алынып, «Өзсанаатқурылысбанк»тиң жеңилликли кредити есабынан заманагөй түрде реконструкцияланды. Балаларды қызықтыратуғын, дүньяға көзқарасын байытатуғын ойыншықлар менен үскенеленди.
Бақшада 90 нан аслам бала тәрбияланбақта. Олардың жақсы тәлим-тәрбия алыўы, дурыс аўқатланыўы, физикалық шынығыўлар менен шуғылланыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Балаларға рус, инглис тиллери интерактив усыллар арқалы үйретиледи.
Перзентлеримизди балалығынан баслап саламат, ақыллы етип тәрбияласақ, ертең мектепке билимли жаслар келеди. Оқыўшылар мектепти ҳәр тәреплеме билимли болып питкерсе, институтларымызға илимли, руўхый дүньясы бай жаслар барады, елимиз ушын жақсы кадрлар жетилисип шығады. Соның ушын, мектепке шекемги билимлендириў бәрқулла дыққат орайымызда болыўы керек, - деди Шавкат Мирзиёев.
Президентимиз жуўапкер басшылар ҳәм бақша хызметкерлерине тийисли усынысларын берди.
Шавкат Мирзиёев Қоңырат районындағы 90 нан аслам бала тәрбияланып атырған «Wunderkinds in Kungirad» бақшасын барып көрди
Шавкат Мирзиёев Қоңырат районындағы 90 нан аслам бала тәрбияланып атырған «Wunderkinds in Kungirad» бақшасын барып көрди
Шавкат Мирзиёев Қоңырат районындағы 90 нан аслам бала тәрбияланып атырған «Wunderkinds in Kungirad» бақшасын барып көрди
Шавкат Мирзиёев Қоңырат районындағы 90 нан аслам бала тәрбияланып атырған «Wunderkinds in Kungirad» бақшасын барып көрди
Шавкат Мирзиёев Қоңырат районындағы 90 нан аслам бала тәрбияланып атырған «Wunderkinds in Kungirad» бақшасын барып көрди

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт