Telegram karinform

Сиясат

  • 20.11.2018 17:12
  • 2193

Төрткүл районы ҳәкими өзгерди

Төрткүл районы ҳәкими өзгерди

Бүгин, 20-ноябрь күни халық депутатлары Төрткүл районлық Кеңесиниң гезексиз отыз жетинши сесесиясы болып өтти.
Сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралды.
Бурын Қашқадәрья ўәлаяты прокурорының орынбасары болып ислеп келген Янгабой Аминович Бабаджанов Төрткүл районының ҳәкими етип тастыйықланды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар берди.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша 2-санлы «Наўрыз» сайлаў округинен депутат З.Абдуллаева, 20-санлы «Уллы бағ» сайлаў округинен депутат У.Юлдашев, «Нураный» қорының районлық бөлими баслығы Ю.Хужаниязов шығып сөйлеп, районның жаңа басшысы менен биргеликте аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўға өзлериниң үлесин қосатуғынлығына исеним билдирди.
Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Муродов, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының жуўаплы хызметкери О.Носировлар қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

    Усы жылдың 25-январь күни Хожели районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы қасындағы асханада жарылыў жүз берген. Бир

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

    Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы ҳәм «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының хызметкерлери тәрепинен