Telegram karinform

Мәденият

  • 20.08.2017 09:50
  • 2576

Азиядағы ең қымбат поезд қайсы мәмлекетте?



Азиядағы ең қымбат поезд «Экспресс махараджа» деп аталып, ол кәмбағаллары көп болған Ҳиндстанда өз жумысын алып барады. Бул поезд 2010-жылдан баслап жүргизилген болып, ол Ҳиндстанның барлық аймағына саяхат етеди. Поезд сегиз күн даўамында Ҳиндстанды айланып шығады. Жолаўшылар усы ўақыт аралығында Ҳинд ели менен толық танысып шығады.



Поездың ең арзан билетиниң баҳасы 800 доллар. Ал қымбат билетиниң баҳасы болса 2500 долларды қурайды. Буның неси қымбат екен, буннан да қымбат поездлар бар, деп ойлаған болсаңыз қәтелесесиз. Өйткени, бул поездың ҳәр саатына усындай ҳақы төлеў керек болады.



«Экспресс махараджа» поезды 24 вагоннан ибарат. Еки вагон толығы менен ресторан, бир вагон ишимликлер ишилетуғын бар көринисинде таярланған болып, поезда автомашиналарды, сондай-ақ, аўыр жүклерди алып жүретуғын арнаўлы вагонлар да бар. Поезд 88 адамға арнап исленген. Поезды ислеп шығыўға 13 миллион АҚШ доллары сарпланған.



Жоқарыдағы көрсетилген сумма ишинде жатақ жай ҳәм аўқатланыў да киргизилген болып, менюде көрсетилмеген өзгеше тағамларға да буйыртпа бериўге болады. Гуджараттан өтип баратырғанда жолаўшылардың спиртли ишимликлер ишиўи қадаған етиледи. Өйткени, Ҳиндстанның усы аймағында ғана спиртли ишимлерди ишиўге тыйым салынған. Ҳәр бир станцияда тоқтағанда поезд жолаўшылардың қәлеўине қарай күн бойы турыўы да мүмкин. Өйткени, олар саяхатқа шығады.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай