30-ноябрь күни «Өзэкспоорай»да Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм «Өзбектелеком» АК тәрепинен шөлкемлестирилген «Өзбекстан Республикасы Президенти тапсырмасы бойынша ИКТ тараўында тапсырмаларды әмелге асырыў избе-излиги» бойынша есап бериў конференциясы болып өтпекте. Бул ҳаққында Kun.uz
хабар бермекте.
Атап өтилиўинше, «Өзбектелеком» АК тәрепинен «Халықаралық пакетли коммутациялық орайлары ҳәм мағлыўматлар узатыў тармақларын кеңейтиў» жойбары шеңберинде Халықаралық пакетли коммутациялық орайы комплекслери модернизацияланды ҳәм буннан кейин ХПКО комплекслериниң улыўмалық өткериўшеңлик қәбилети 10 есеге: өзгертилген трафиги 110 Гбит/с дан 1200 Гбит/с ға шекем артты.
Хабарда жазылыўынша, компания тариф режелеринде жәрияланған тезликти кепилликке алады. 2018-жыл 1-декабрьден баслап компания жаңа кепиллик берилген шексиз тариф режелерин иске қосады.
Сондай-ақ, енди тариф режелеринде «…ге шекем» қосымтасы болмайды, бул сайлап алынған тариф режеси бойынша тезликке кепиллик берилиўин аңлатады.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz