Көпшилик интернет сайтлары арқалы Қанлыкөл районы «Жаңа қала» АПЖ аймағынан тарийхый гүзелер табылғаны ҳаққында хабарлар жәрияланған еди. Аймақ тарийхый естеликлерге, зыярат орынларына оғада бай.
Тилекке қарсы, олар итибардан шетте қалып атырғанлығының және бир мәрте гүўасы болмақтамыз. Мине, усылар қатарында жергиликли халық тилинде «Ийшан терек» деп аталатуғын зыярат орны да бар.
Аўыл адамларының айтыўынша, 1866-1928-жыллар аралығында жасап өткен Алымбет Ийшан деген улама инсанның қойымшылығы усы жерде болып, ҳәзирги ўақытта оның әтирапында тораңғыллар өсип, тоғайлыққа айланып кеткен.
Бул зыярат орны тәбият орталығында жайласқан, аспанға теңлес тораңғыллар қуслардың көплиги, әсиресе, тораңғыллар денесинен булақ суўларының шығып турыўы кимди болса да келип көриўге асықтырады.
Аймақ турғынларының айтыўына қарағанда, «Ийшан терек»ке республикамыздың барлық ўәлаятларынан зыяратшылар келип турады.
Бүгин елимизде туризимди раўажландырыў ҳәм тарийхий орынларға итибар аўдарыў илажлары әмелге асырылып атырған бир ўақытта бул орынның аҳўалы аянышлы жағдайда екенлиги, оған ҳеш кимниң дыққат қаратпай атырғаны ойландырады.
Бул бағдарда тийисли шөлкемлер басшылығында абаданластырыў жумыслары алып барылса, республикамызда «Султан Ўайс баба», «Кеширмес баба» ҳәм басқа да көпшиликке белгили зыярат орынлары қатарына «Ийшан Терек» те қосылады, деген үмиттемиз.
Султан Зияев,
ҚМУ журналистика бағдарының студенти.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz