Париждиң «ПСЖ» командасына өткен бразилиялы футболшы Неймар «Барселона» командасының басшыларын сынға алды, деп хабар тарқатты Marca басылымы.
- «Барселона»да бүгингидей басшылардың болғаны өкинишли жағдай. Бундай адамлар уллы командаларды басқарыўға ылайықлы емес. Мен «Барселона»ға келгенде бәри жақсыдай болып көринген еди. Кейин ҳәммеси өзгерди. Бул жерде мен төрт жыл ойнадым. Досларым да сол жерде қалды, - деп айтып өткен Неймар.
Буннан алдын футболшының әкеси клуб сыйлық ҳақы ретинде беретуғын 26 миллион евроны бермей атырғаны ҳаққында айтып өткен еди.
Шыны менен де, бүгинги күнде «Барселона» аспанында қара бултлар бар сыяқлы көринбекте. Батыс басылымларының мағлыўматларына қарағанда, команда сәрдары Андрес Иньеста да клуб пенен шәртнамасын узайтпастан, басқа клубқа өтиўди режелестирмекте. Ал Лионель Месси «Манчестер Сити»ге өтиўи мүмкин, деген де хабарлар тарқалды.
Мағлыўмат ушын, «Барселона» Испания Ла-лигасын жеңис пенен баслады – өз майданында «Бетис»ти 2:0 есабында жеңди.
Ислам Матеков.