Қанлыкөл районындағы «Жаңа қала» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында қарамаллар набыт болмақта. Kar24.uz сайтының
мәлим етиўинше, аўылда жаздан берли 50 ден аслам мал ҳарам өлген.
«Қарамаллардың өлиўи жазда басланып, бирден тоқтаған еди. Соңғы еки айдан берли бул ҳалат және қайталанды. Халық тәшўишке түспекте. Биз бул кеселликти «Қарасан», «Малдың аязлаўы» деп надурыс ойлаған екенбиз», - дейди АПЖ хаткери Ерполат Мусинов.
Бундай кеўилсиз жағдайларды тоқтатыў ушын районлық ветеринария бөлими арнаўлы вакцинаға буйыртпа берген.
Қанлыкөл районлық ветеринария бөлими баслығы Дәўран Қудайбергеновтың билдириўинше, аймақта алдынлары бундай кеселлик бақланбаған.
«Районға Мойнақтан сатыў ушын көплеген қарамал алып келинеди. Ойымызша, бул кеселлик сатыў ушын алып келинип атырған маллардан жуғып атыр. Ҳәзирги ўақытта қарамалларда «пастрелиоз» кеселлигиниң белгилери бақланбақта. Бунда қарамаллардың қаны кемейип кетип, бул олардың өлимине себепши болады», - деп айтып өткен районлық ветеринария бөлими баслығы.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz