Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.01.2019 16:05
  • 1465

2019-жылдан баслап бақшаларда қосымша пуллы хызметлер енгизиледи


Өзбекстанда мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тәрепинен қосымша пуллы хызметлер көрсетиў енгизиледи. Бул ҳаққында 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында сөз етилген, деп жазады Kun.uz.
Атап өтилиўинше, тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылып, онда:
- мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тәрепинен дем алыс күнлери ҳәм жумыс күни жуўмақланғаннан кейин баланы тәрбиялаў, оған қарап турыў ҳәм оқытыў;
- белгиленген бағдарламадан тысқары спорт-саламатластырыў (каратэ, таэквондо, жүзиў, шахмат, шашка, гимнастика, массаж ҳәм басқалар) дөгереклери, көркем-эстетикалық, пән дөгереклери, қосымша хызметлер көрсетиў нәзерде тутылады.
Орынланыў мүддети – 2019-жыл 1-март, орынлаў ушын жуўапкерлер – Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги, Әдиллик министрлиги, Билимлендириў сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...