Telegram karinform

Технология

  • 07.01.2019 11:31
  • 1893

Әмиўдәрья районында өзгеше ҳәм уқсасы жоқ автомобиль жаратылды

Әмиўдәрья районында өзгеше ҳәм уқсасы жоқ автомобиль жаратылды

Қарақалпақстанның Әмиўдәрья районы Маңғыт қаласында жасайтуғын пуқара Алишер Юлдашев бурынғы «Запорожец» автомобилиниң корпусы тийкарында жаңа автомобильди жыйнап шығарды. «Тико»ның моторын, «Мазда»ның орынлығын, «Малибу»дың рули ҳәм артқы фараларын, «Каптива»ның алдынғы қапламасын (облицовка) «Запарожец»тиң корпусына орнатып, өзгеше автомобиль жаратқан ойлап табыўшы-автор оған «Ягона» деп ат қойған. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Е.Қанаатов хабар берди.
- Жас ўақтымнан берли автомашина жыйнаўға қызығаман ҳәм көп ўақытқа шекем өзиме кәсип еткенмен. Соның арқасында пул таўып, бала-шағамды бақтым. 90-жыллары Нөкис қаласында студентлик ўақытларымда үйлердиң алдында бийкар жатырған автомобильлерди көрип, оның ийелери менен сөйлесип, сатып алатуғын едим ҳәм оларға қайта ислеў берип сататуғын едим. Елеге шекем мәмлекетлик жумыслардан бос ўақтымда дәрриў автомашина жыйнаўға кирисемен, - дейди А.Юлдашев.
Әмиўдәрья районында өзгеше ҳәм уқсасы жоқ автомобиль жаратылды
Әмиўдәрья районында өзгеше ҳәм уқсасы жоқ автомобиль жаратылды

- Өзгеше автомобиль жаратыў идеясы буннан 4 жыл алдын пайда болған, - дейди ол. – Бир күни автомобиль жыйнап атырған ўақтымда қасыма қызым (сол ўақытта 5-класс еди) келип, маған қарап: «аға, маған да машина алып бериң. Бирақ, ол машина ҳеш кимде жоқ, уқсасы жоқ болсын» деди. Идея негизинен қызымнан шыққан. Нәтийжеде, минекей көрип турғаныңыздай, «Ягона» «марка»лы автомобиль дүньяға келди. Несип етсе, келеси жылы қызым мектепти питкереди. Усы өзгеше автомобильди қызыма саўға етпекшимен.
Әмиўдәрья районында өзгеше ҳәм уқсасы жоқ автомобиль жаратылды

«Ягона» автомобили 3 жылда жаратылған. Алишер Юлдашевтиң билдириўинше, ол қаржы таўған ўақытлары базардан автомобильлердиң аўысық бөлеклерин сатып алып жүрген. Бул автомобиль ушын 50 млн сумнан зыят қәрежет жумсаған.
Оның үйинде және «Москвич 401» маркалы ески автомашина да бар екен. Бул автомашинаны да бир ўақытлары сатып алып, оған қайта ислеў берген ҳәм ҳәзир моторы жақсы ислеп тур.
Алишер Юлдашев келешекте бундай автомобильлерден музей шөлкемлестириўди де нийетлеп отыр.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

    Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында мәмлекетимиз басшысы аймақта әмелге асырылып атырған инвестиция

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Кегейлиде адам өлими менен жуўмақланған жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди

Кегейлиде адам өлими менен жуўмақланған жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди

    Кегейли районында «Cobalt» ҳәм «Nexia-2» автомобильлери қатнасыўында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Бул ҳаққында «Газета.uz» басылымы