Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.01.2019 12:56
  • 1837

Бир сораўға бир жуўап


ӨзА «Бир сораўға бир жуўап» жойбарын әмелге асырып, онда министрлик ҳәм ведомостволар басшылары, ҳәкимлердиң агентлик сораўларына жуўаплары жәрияланып барылады.
Жойбардың бул сапарғы мийманы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қаҳрамон Сариев болды. Министрлер Кеңеси Баслығына ӨзА төмендеги сораў менен мүрәжат еткен:

Сораў:
- Нөкис қаласында усы күнге шекем жәмийетлик транспорт жетиспеўшилиги бойынша үлкен машқала бар. Азанғы ҳәм кешки ўақытлары халық усы машқаладан қыйналмақта. Нөкисте тийкарынан «Дамас» автомашиналары қатнайды. Не ушын автобуслар қатнаўы жолға қойылмаған?

Жуўап:
- Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев жанында 2018-жыл 28-август күни Өзбекстан автомобиль транспорты агентлиги басшыларының автомобиль транспорты тараўын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының нәтийжелилиги ҳаққындағы есабын додалаў бойынша өткерилген жыйналыс протоколына (15268-хх, 06.09.2018-ж.) муўапық, «Өзавтотранс» агентлигине Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Автотранс Шымбай» УК шөлкемлестирилген.
2018-жыл 1-декабрьге шекем усы шөлкемлестирилген «Автотранс Шымбай» унитан кәрханасына 50 дана «Исузу» маркалы автобуслар сатып алынды. Нөкис қаласында жәмийетлик транспорт жетиспеўшилиги бойынша үлкен машқала болғаны ҳәм азанғы, кешки ўақытлары халыққа машқала туўдырып атырғаны себепли, сатып алынған 50 автобус Нөкис қаласына 10 жөнелис бойынша жолаўшы тасыў хызмети ушын қойылды.

Жөнелислер төмендегише:
3-санлы, «Әскерий гарнизон – Жийдели байсын елаты»;
5-санлы, «Шадлы аўыл – Темир жол вокзалы – Таслақ»;
6-санлы, «Нөкис Арқа-Батыс автовокзалы – Шадлы аўыл»;
8-санлы, «Жийдели байсын елаты – Нөкис саўда комплекси»;
10-санлы, «Саманбай елаты – Қызкеткен елаты»;
11-санлы, «Қызкеткен елаты – Гөне қала»;
12-санлы, «Шадлы аўыл – Қызкеткен елаты – Ақ жағыс елаты»;
13-санлы, «Саманбай елаты – Қум аўыл»;
17-санлы, «Нөкис Арқа-батыс вокзалы – Темир жол вокзалы»;
18-санлы, «Саманбай елаты – Боз аўыл» автобус жөнелислери.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

    Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир