Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.01.2019 12:17
  • 1284

Энергетикалық ишимликлердиң рекламасы шекленди


Өзбекстанда энергетикалық ишимликлерди саат 7:00 ден 22:00 ге шекем реклама етиў қадаған етиледи. Бул ҳаққында «Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў механизмлерин жетилистириўге бағдарланған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамда нәзерде тутылған, деп жазады «Халқ сўзи Онлайн».
Оған муўапық, буннан былай төмендегилер қадаған етиледи:
- саат 7:00 ден саат 22:00 ге шекем энергетикалық ишимликлерди телевидение ҳәм радио арқалы реклама етиў;
- реклама етиў мақсетинде энергетикалық ишимликлердиң үлгилерин он сегиз жасқа толмаған шахслар арасында бийпул тарқатыў;
- тийкарынан он сегиз жасқа толмаған шахслар ушын арналған илажларға қәўендерлик етиў, егер бунда энергетикалық ишимликлердиң атынан, товарлық белгисинен ямаса көринисинен пайдаланылатуғын болса;
- он сегиз жасқа толмаған шахслар арасында энергетикалық ишимликлердиң атамасы, товарлық белгиси ямаса көриниси түсирилген товарларды (футболкалар, бас кийимлер, ойынларды ҳәм усы сыяқлыларды) тарқатыў, соның менен бирге, сатыў;
- тийкарынан балалар ҳәм жас өспиримлер ушын арналған басылымларда, сондай-ақ, медициналық, спорт ҳәм билимлендириў мәкемелеринде энергетикалық ишимликлерди реклама етиў.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Нөкис қаласы ҳәкимлиги социаллық тармақларда кең додаланған мүрәжат бойынша және бир мәрте мүнәсибет билдирди

Нөкис қаласы ҳәкимлиги социаллық тармақларда кең додаланған мүрәжат бойынша және бир мәрте мүнәсибет билдирди

Нөкис қаласы ҳәкимлиги ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер тәрепинен жәрияланып, халыққа берилип атырған мағлыўматларды бақлап,...

Қарақалпақстан транспорт министрлиги айрым жөнелислердеги транспортлардың қатнаўы тоқтатылғанын мәлим етти

Қарақалпақстан транспорт министрлиги айрым жөнелислердеги транспортлардың қатнаўы тоқтатылғанын мәлим етти

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен ҳаўа транспорты тараўында Нөкис халықаралық аэропорты арқалы әмелге асырылып келинген «Нөкис...

Президент коронавирус пенен байланыслы жағдай бойынша халыққа мүрәжат етти

Президент коронавирус пенен байланыслы жағдай бойынша халыққа мүрәжат етти

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-март күни мәҳәлле ҳәм шаңарақ мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси басында коронавирус...