Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.01.2019 14:56
  • 1727

СЕКСЕЎИЛ (қосық)


Жийенбай Избасқанов,
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры.


«Сүйемен шөл перзенти сексеўилди»
(И.Юсупов)

Қумлар — қатық уйытылған зеренге,
Қасарысып төбесине өсипсең.
Мен билемен — тамырларың тереңде
Жети қабат жерди еринбей тесипсең.

Жазда келсек жамыламыз саяңды,
Ғыжлап жанып ысындырдың қысында.
Қалайда сен шөл көркисең баянлы —
Ибрат алар пазыйлетиң усында!

Өзиң менен ес билгели таныспан,
Мениң бала кеўлиме унар ең.
Қыялымда батырлардай алысқан,
Кеңликлерди толтырып кеп турар ең.

Соңын ала сени сүйген шайырдың,
Жырларынан белли орын алдың сен.
Саған кимниң иси түссе — қайыл дым,
Пидалықтан сийреклесип қалдың сен.

Әййем дәртли кеўиллерге түйиўли,
Қум астында қалып қойған әрмансаң.
Шөл болса да туўған жерди сүйиўди,
Мәрт халқымның минезинен алғансаң…

1978-жыл.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

    Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда

Нөкис қаласы әтирапындағы қумлы жерлерге сексеўил нәллери отырғызылды (+фото)

Нөкис қаласы әтирапындағы қумлы жерлерге сексеўил нәллери отырғызылды (+фото)

Бүгин, 4-декабрь күни ерте азаннан баслап пайтахтымыз Нөкис қаласы әтирапындағы қумлы жерлерге шөлге шыдамлы өсимлик есапланатуғын...