
Усы жылдың 22-август сәнесинде Ташкент қаласындағы Өзбекистан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы Медиа-холл залында Өзбекистан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 26 жыллығына арналған «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўының республикалық басқыш жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты өткерилди.
Таңлаўға ҳүжжет тапсырған қарақалпақстанлы журналистлерден төмендегилер жеңимпаз деп табылды:
Телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң материаллары бойынша: 3-орын «Өзбекистан» радиоканалының Қарақалпақстан Республикасы бойынша хабаршысы Дәнияр Искандаров;
Кино өнери дөретпелери бойынша: 1-орын Қарақалпақстан Республикасынан сценария авторы, Бахтыяр Мәдияров.
Ислам Матеков.