Telegram karinform

Сиясат

  • 15.01.2019 18:07
  • 1842

Россия — Өзбекстан: билимлендириў ҳүжжетлери ҳәм илимий дәрежелер өз-ара тән алынады

Россия — Өзбекстан: билимлендириў ҳүжжетлери ҳәм илимий дәрежелер өз-ара тән алынады

Мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде Россия Федерациясында 25 000 ға жақын Өзбекстан жаслары билим алмақта. Еки мәмлекет жасларының мобиллигин раўажландырыў, оларға билим алыўы ушын мүнәсип шараят жаратыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы баслығы У.Ташкенбаев басшылығындағы делегация Россия Федерациясының Илим ҳәм билимлендириўди қадағалаў федерал хызмети менен сөйлесиўлер алып барды. Бул ҳаққында Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының баспасөз хызмети хабар берди, деп жазады xabar.uz.

Россия — Өзбекстан: билимлендириў ҳүжжетлери ҳәм илимий дәрежелер өз-ара тән алынады

Мәмлекетлик инспекциясы делегациясы Илим ҳәм билимлендириў тараўын қадағалаў федерал хызмети ҳәм Россия Федарациясы Илим ҳәм билимлендириў министрлигиниң қәнигелери менен биргеликте «Россия Федерациясы ҳүкимети ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ортасында билимлендириў ҳүжжетлерин, қәнигелик ҳәм илимий дәрежелерин өз-ара тән алыў бойынша ҳүкиметлер аралық Питим» жойбарын ислеп шықты.
Усы ҳүжжетлердиң тастыйықланыўы еки мәмлекет ортасында билимлендириў ҳүжжетлериниң туўрыдан-туўры тән алыныўы, жаслардың билим алыўындағы бюрократиялық тосықларды сапластырыўды тәмийинлейди.
Мағлыўмат ушын, Россияда хүжжетлерди нострификациялаў 45 күнге шекем ўақытты алады.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко