15-январь күни Олий Мажлис Сенаты 100 000 (жүз мың) сумлық банкнотаның үлгиси ҳәм дизайнин мақуллады. Бул ҳаққында Орайлық банктиң баспасөз хызмети
хабар берди.
Ири номиналдағы банкнота Орайлық банк тәрепинен төмендеги мақсетлерге муўапық айланысқа шығарылмақта:
- халық ушын нақ пуллар менен есапласыўларды әмелге асырыўға қолайлық жаратыў;
- нақ пулларды сақлаў ҳәм тасыў менен байланыслы болған қәрежетлерди кемейтиў;
- халыққа банкоматлар арқалы хызмет көрсетиўде нәтийжелиликти арттырыў;
- айланыстағы нақ пуллардың қурамын оптималластырыў.
100 000 (жүз мың) сум қунлылығындағы банкноталар әмелдеги пул массасы шеңберинде шығарылады ҳәм оның өсиўине тәсир етпейди.
Жаңа номиналдағы банкнотаның көриниси, түсиндирмеси ҳәм шығарылыў сәнеси Орайлық банк тәрепинен ғалаба хабар қуралларында жәрияланады.
Еслетип өтемиз, алдын Орайлық банк 100 мың сумлық купюраның айланысқа шығарылыўын тастыйықлағаны ҳаққында хабар берилген еди.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz