Нөкис халықаралық аэропорты аймағында «Ашық аспан» тәртиби енгизиледи, деп
жазады Газета.uz.
Тәртиптиң қағыйдаларына муўапык, ҳаўа транспорты бойынша ҳүкиметлер аралық келисимге муўапық белгиленген сырт ел авиакомпаниялары Нөкис аэропортына пәрўаз частоталарын шеклеместен ушыў ҳуқықына ийе.
Бул рейслер «ҳаўа еркинлигиниң» бесинши дәрежесиниң ҳуқықысыз ҳәм Нөкис аэропортының техникалық имканиятларын есапқа алған ҳалда әмелге асырылыўы керек.
«Ҳаўа еркинлигиниң» бесинши дәрежеси – бир мәмлекет тәрепинен басқа мәмлекетке берилетуғын ҳуқық болып, оған муўапық, белгиленген тасыўшы жолаўшыларды, почта ҳәм жүклерди бирге ислесиўши-мәмлекет аймағында үшинши мәмлекеттен ямаса үшинши мәмлекетке жибериў яки түсириў ҳуқықына ийе.
Нөкисте «Ашық аспан» тәртиби Халықаралық ҳаўа транспорты ассоциациясы (IATA) кестесиниң «Жаз-2019» мәўсиминен баслап «Қыс-2021/2022» мәўсиминиң ақырына шекем әмел етеди.
Өзбекстан менен ҳаўа қатнаўы тараўында халықаралық шәртнамалар дүзген сырт еллердиң авиация ҳүкиметлерине дипломатиялық каналлар арқалы Мәмлекетлик авиациялық қадағалаўының тийисли мәлимлемеси жиберилген.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz