Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.01.2019 16:25
  • 1659

Мурындағы бактериялар инсанды грипп вирусынан қорғайтуғынлығы анықланды

Мурындағы бактериялар инсанды грипп вирусынан қорғайтуғынлығы анықланды

Гәп бактериялар ҳаққында болғанда, көбинесе оның инсан организмине зыяны ҳаққында айтылады. Бирақ, олардың арасында инсан организми ушын пайдалы түрлери де бар екен.
Мичиган университетиниң изертлеўшилери инсан организми менен мурын ҳәм тамақтағы бактериялардың симбиотикалық байланысы бар екенлигин анықлады, деп хабар берди vesti.ru. Анықланыўынша, олардың айырымлары грипп вирусы менен гүресиўге жәрдем береди екен.
Бактерия ҳәм вируслар бир-биринен өзгеше, бөлек «түсиник», инсанды бактериядан қутқарыўшы дәрилер, оны вируслардан қутқармайды.
Илимпазлар изертлеўлер ушын 2012-2014-жыллардағы материаллардан пайдаланған. Орайлық Америкадағы түрли қалалардан 144 үйде жасаўшы 717 инсанның мағлыўматлары менен танысып шыққан. Изертлеўшилер грипп вирусының шаңарақ ағзаларына тарқалыўы менен қызықсынған. Нәтийжелерге муўапық, мурын ҳәм тамақтағы айырым бактериялар грипп вирусына қарсы гүресиўге жәрдем беретуғынлығы анықланған.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Кимлерге грипп тез жуғады?

Кимлерге грипп тез жуғады?

    Грипп жуқтырыў ҳәм оның аўыр белгилерин бастан өткериў қәўпи жоқары болған ҳәм мәўсимнен алдын емленетуғын

1-декабрь – Халықаралық АИЖСке қарсы гүресиў күни

1-декабрь – Халықаралық АИЖСке қарсы гүресиў күни

АИЖС (Арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы) АИВ деп аталған вирус (адам иммунитет жетиспеўшилиги вирусы) себеп болған синдром,...

Қарақалпақстандағы бензин заправкаларындағы нызам бузылыў жағдайлары ҳаққында мағлыўмат берилди

Қарақалпақстандағы бензин заправкаларындағы нызам бузылыў жағдайлары ҳаққында мағлыўмат берилди

    Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги тәрепинен автомобильлерге жанармай қуйыў шақапшаларында тутыныўшыларға жеткерип берилип атырған автобензинниң сапа