Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.01.2019 17:02
  • 1610

БҮРКИТЛЕРДИҢ ТАРПЫЎЫНА УШЫРАҒАН САМОЛЁТ


Өмирбай Өтеўлиев,
жазыўшы, журналист


БҮРКИТЛЕРДИҢ ТАРПЫЎЫНА УШЫРАҒАН САМОЛЁТ
- Бизлер де бир өлимнен қалдық, қудай сақлады, - деп қоңыратлы Оралбай ағаға Амандәўлеттиң ўақыясын айтсам, соған үнлес әңгиме менен жол қысқартты.
- Бизиң жақлардағы дала бүркитлери тыныш еди. Таўлы үлкелерде кишигирим самолётларға жийи-жийи ҳүжим жасайтуғыны орайлық баспасөзлерде жазылып, ҳүжжетли фильмлерден көрип жүрмиз-ғой…
Үстиртте терең бураўлаў жумысларын алып баратуғын экспедицияда жигирма жылға жуўық шофёр болдым. Ең түпкирдеги қазылып атырған скважина-қудыққа труба апаратырғанымда машыным бузылып, аўысық бөлеклери ушын Қоңыратқа «АН-2» самолётында төрт жолаўшы уштық. «Судочье»ның төбесинен қарасаң, көл бетиндеги қанатларын жайған қуслар сулыў көринеди. Бир мәҳәл, саған өтирик, өзиме рас, самолётымыз аўдар-теңкер болып, диң аспанда қайыстай таўланды. Бир-биримизге дүгисиў менен ишип-жегенлеримизди қайтарысып, не болғанын билмедик. Тиришилигимизден гүдер үзбеге қарағанда самолёт өзин дүзеп, ийнимизди қыймылдатпай Қоңыратқа түсирди.
- Аңладыңызлар ма, самолётқа бүркитлер ҳүжим жасады. Қашпасақ аўҳалымыз қоржын еди. Өзлерин отқа урған көзсиз гүбелеклердей алдындағы ҳаўаны ишине тартып ҳәм сыртқа үрлейтуғын паригине илинсе истен шығарып, жерге қулап түсемиз, - деп қапылтты.
Даланлықта, айсыз түнлерде машынлы жүрсең фараларына көзлери бир қамасқан кийик, басқа да жабайы аңлар изиңнен қалмай, әжелине асыққанлары алдыңды қайта-қайта кесип өте береди…

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

    Қәнигелердиң пикиринше, борттағы ең қәўипсиз жер самолёттың артқы тәрепиниң үштен бир бөлеги. АҚШ Пуқаралық Авиация

Қазақстанда ЖТҲға ушыраған автобус Нөкистен жолға шықпағаны мәлим етилди. Жәбирленгенлер Өзбекстанға алып келинди

Қазақстанда ЖТҲға ушыраған автобус Нөкистен жолға шықпағаны мәлим етилди. Жәбирленгенлер Өзбекстанға алып келинди

    Усы жылдың 12-май күни Қазақстан Республикасының Жамбыл ўәлаятында жолаўшы автобусы қатнасыўында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз бергенлиги,

«Миналастырылған» деп хабар берилген самолёт Ташкент аэропортына қонды

«Миналастырылған» деп хабар берилген самолёт Ташкент аэропортына қонды

Усы жылдың 11-апрель күни Минск-Ташкент жөнелиси бойынша HY-710 рейси Ташкент ўақты менен 15:39 да Минск миллий...