Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.01.2019 18:37
  • 1719

Жасаў орнынан «справка» Мәмлекетлик хызметлер агентлигинде бериле ме? Агентлик анықлық киргизди


Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарына муўапық, 2018-жыл 15-октябрьден баслап мәмлекетлик ҳәм хожалық органлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органлары тәрепинен мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўинде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларының шахстың жасаў орны бойынша (прописка етилгени) жасап атырғаны, шахстың жумыссызлығы ҳәм баланы, жалғыз баслы шахсларды, пенсионерлерди ҳәм майыплығы болған шахсларды тәрбиялағаны ҳаққында тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди, сондай-ақ, шахстың характеристикасын усыныў бойынша тәртип бийкар етилген.
Сондай-ақ, пуқараларға мәмлекетлик хызметлер көрсетилиў процесинде бул түрдеги ҳүжжетлерди алыў зәрүрлиги жүзеге келгенде, мәмлекетлик ҳәм хожалық органлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органлары бул мағлыўматларды тийисли түрде Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги органларынан еркин түрде, соның менен бирге, мәкемелер аралық электрон бирге ислесиў арқалы сорап алыўы белгиленген.
Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң хабарына қарағанда, ҳәзирги ўақытта өзин-өзи басқарыў органлары (мәкан пуқаралар жыйынлары) ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде қатнасатуғын бир неше ўәкилликли мәмлекетлик органлар, солар қатарында, район ҳәкимликлери, Ишки ислер басқармалары ҳәм бөлимлери, Бюджеттен тыс пенсия қоры районлық бөлимлери, районлық Мәмлекетлик салық инспекциялары, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелери, мектепке шекемги билимлендириў бөлимлери, халық билимлендириў бөлимлери, банклер ҳәм басқа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўши шөлкемлер тәрепинен усы қарар талаплары надурыс түсиндирилип, пуқараларды жоқарыда көрсетилген ҳүжжетлерди алыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайларына жибериў жағдайлары оғада көп бақланбақта.
«Бул болса, өз гезегинде, пуқаралардың әўерегершилиги ҳәм наразылығына, соның менен бирге, мәмлекетлик органларға деген унамсыз көз-қарастың пайда болыўына себепши болмақта.
Сол себепли, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен жасаў орнынан «справкалар» берилмейтуғынлығын рәсмий түрде жәриялайды. Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы алдынлары Ишки ислер министрлиги тәрепинен усыныс етилген мәнзилли-мағлыўмат мәлимлемелери берилген. Бул ҳүжжет пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары тәрепинен берилген мағлыўматнамадан түпкиликли парқланады.
Ҳүрметли пуқаралар! Егер мәмлекетлик мәкемелер Сизден жасаў орнынан мағлыўматнаманы талап етсе, Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң 1148 ҳәм Әдиллик министрлигиниң 1008 исеним номерлерине мүрәжат етиўиңизди сораймыз», - деп жазылған агентлик хабарында.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы