Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.01.2019 12:09
  • 1163

Музейлерге саяхат, спорт жарыслары: ҚМУда студентлердиң бос ўақты мазмунлы өтпекте



2019-жылдың 28-30-январь күнлери аралығында студентлердиң бос ўақтын, мәдений дем алысын мазмунлы өткериў, руўхый-ағартыўшылық жумысларын ғалабалық түрде шөлкемлестириў, спорт пенен шуғылланыўды үгит-нәсиятлаў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қарақалпақ филологиясы факультетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Факультет тәрепинен ислеп шығылған ис-режеге муўапық, 29-январь күни факультеттиң 1-курсында билим алып атырған жәми 128 студентке Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиеёвтың Олий Мажилиске мүрәжатнамасының мазмун-мәниси түсиндирилди, сондай-ақ, китапқумарлық мәденияты ҳаққында түсиник берилди.



Күнниң екинши ярымында университеттиң Мәденият сарайында айырым топар студентлерине «Үш бойдақ» спектакли, басқа топарларға болса «Ҳаёт» көркем фильми, Бердақ атындағы академиялық музыкалық театрында «Лувр үйреги» спектакли студентлердиң итибарына усынылады. Буннан соң Бердақ миллий музейине, А.Шамуратованың үй музейине, Үлкетаныў музейлерине барып, студентлер ол жердеги экспонатлар менен жақыннан танысады. Күн ақырында студентлер спорттың волейбол ҳәм киши футбол түрлери бойынша факультетлер аралық жарысына қатнасыўы режелестирилген.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын