Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.02.2019 16:45
  • 1581

Шоманай ҳәм Қанлыкөлде қырғаўыл аўлағанлар усланды

Шоманай ҳәм Қанлыкөлде қырғаўыл аўлағанлар усланды
Жақында, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 16-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасы аймағында қырғаўылларды қорғаў ҳәм бас санын көбейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары шыққан еди, деп жазады Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Усыған муўапық, республикамыз аймағында 2019-2020-жылларда қырғаўылларды аўлаў қадаған етилди. Қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлаўға жол қойған шахсларға әмелдеги нызамлар тийкарында ҳәм белгиленген тәртипте тийисли илажлар көриледи.
Усы қарар талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң 17-январь күнги арнаўлы буйрығы шығарылып, район(қала)лық инспекциялар тәрепинен тийисли илажлар әмелге асырылмақта.
Комитет тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, 19-январь күни Шоманай районында өткерилген рейд жумыслары барысында пуқаралар Е.С., А.Е., Ж.К.лар 1 қырғаўыл, 2 қоян, Қанлыкөл районында болса, 20-январь күни пуқара С.Е. 1 қырғаўыл аўлағаны анықланып, иркилди. Аў мылтықлары айғақлы зат ретинде алып қойылды.
Олардың тәбиятқа, ҳайўанат дүньясына келтирген зыяны анықланып, топланған материаллар Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 90-статьясы 2-бөлимине тийкарланып көрип шығылмақта.
Рейд жумыслары даўам етпекте.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

    Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы ҳәм «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының хызметкерлери тәрепинен

9 саат даўам еткен қабыллаў: Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев алты район турғынларының мүрәжатларын тыңлады

9 саат даўам еткен қабыллаў: Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев алты район турғынларының мүрәжатларын тыңлады

    Қанлыкөл районында Тақыятас, Хожели, Қанлыкөл, Шоманай, Қоңырат ҳәм Мойнақ районлары пуқаралары ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы

Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны ҳаққында мағлыўматлар (Нөкис қаласы ҳәм районлар кесиминде)

Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны ҳаққында мағлыўматлар (Нөкис қаласы ҳәм районлар кесиминде)

    Қарақалпақстан Республикасы турақлы халқының саны усы жылдың 1-июль жағдайы бойынша 1 миллион 962 миллионнан аслам