Telegram karinform

Экономика

  • 07.02.2019 16:11
  • 2092

Бас прокуратура Мойнақта казино шөлкемлестирилиўи ҳаққындағы хабарға анықлық киргизди


Инвесторлар тәрепинен Мойнақ районында казино (ойын бизнеси) шөлкемлестириў мәселеси бойынша усыныслар берилген. Бул ҳаққында «Daryo.uz»ға Бас прокуратураның баспасөз хызмети баслығы Сурайё Раҳмонова мәлим етти.
«Мойнақ районын социаллық-экономикалық раўажландырыў көз-қарасынан инвесторлар тәрепинен көплеген инвестициялық жойбарлар усыныс етилмекте. Бас прокуратура тийисли министрлик ҳәм ведомостволар менен бул усынысларды үйренбекте. Казино (ойын бизнеси) мәселеси бойынша да усыныслар келип түскен, оны әмелге асырыўдың барлық аспектлери үйренип шығылмақта», - дейди Сурайё Раҳмонова.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда казинолардың жумысы нызам тийкарында қадаған етилген.
Буннан алдын ҳәзирги ўақытта тийисл нормативлик акт таярлаў бойынша Бас прокуратура тәрепинен жумыслар алып барылып атырғаны ҳаққында New Muynak City каналы мәлим еткен еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

    ЖТҲ айдаўшы басқарыўды жоғалтыўы нәтийжесинде жүз берген. Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким жарақат алмаған. Айрықша жағдайлар