Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.02.2019 17:50
  • 1535

Халықаралық Қазақстан-Түркия университети профессоры НМПИ студентлерине сабақ өтти


Усы жылдың 7-февраль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дене мәденияты факультетинде Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақстан-Түркия университети профессоры Шамурат Уразов студентлерге сабақ өтти.

- Институтымызда сырт еллердеги, әсиресе, қоңсылас республикалардың жетекши жоқары оқыў орынлары менен кадрлар таярлаў, илимий изертлеў жумысларын биргеликте алып барыў ҳәм профессор-оқытыўшылар және студентлердиң билим ҳәм көнликпелерин жетилистириў бағдарында нәтийжели жумыслар алып барылмақта, - дейди институттың дене мәденияты факультети декан орынбасары Қ.Кенжебаев. – Мине, бүгин қазақстанлы профессор факультетимиз студентлерине өз теориялық ҳәм әмелий билимлерин үйретпекте.

Сабақ даўамында профессор жеңил атлетика ҳәм оның қурамына киретуғын бир неше спорт түрлери бойынша студентлердиң билимлерин беккемледи. Сабақ даўамында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Мағлыўмат ушын, Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақстан-Түркия университети – Қазақстандағы ең дәслепки ашылған халықаралық жоқары оқыў орны болып, түркий тиллес мәмлекетлер арасында халықаралық абыройға ийе болған, түркий дүньясы жасларын бирлестирген дәслепки билим ҳәм илим орайы болып табылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы