Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.02.2019 18:03
  • 1545

НМПИде сырт еллерде оқыған мойнақлы 14 пуқараның дипломы нострификацияланды


Сырт елде билим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ҳәм нострификациялаў бойынша арза берген мойнақлы 14 пуқараның мүрәжатлары көшпели қабыллаў тийкарында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында көрип шығылды.
Көшпели қабыллаўда Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў Мәмлекетлик инспекциясының қәнигелери, комиссия ағзалары, сырт ел ҳүжжетлерин нострификациялаўға талабанлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлериндеги Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районында жасаўшы сырт еллерде оқып билим алғанлығы ҳаққындағы дипломларын нострификациялаў тилегин билдирген пуқараларға шараят жаратыў ҳәм керек болса, имтихан процесслерин аймақтың өзинде шөлкемлестириў ўазыйпалары белгиленген еди.
Көшпели қабыллаўдан соң нострификация процесине мүрәжат еткен 14 пуқараның ҳәммеси тест сынақлары ҳәм Билимлендириў сапасын қадағалаў Мәмлекетлик инспекциясының буйрығы менен тастыйықланған Экспертлик комиссиясы сәўбетлесиў процессинен өтти. Талабанларға имтихан тапсырыўы ушын институтта барлық шараятлар жаратылды, тест процеси онлайн режимде өткерилип, камералар арқалы бақлап барылды және әдил түрде шөлкемлестирилди.


– Сырт елде өз қәнигелигим бойынша 1997-жылы билим алып келген едим, бирақ усы күнге шекем дипломды нострификациялаў мәселесинде көп қыйыншылықларға дус келдим, – дейди Абай атындағы Қазақ мәмлекетлик педагогикалық университетин биология қәнигелиги бойынша питкерген, мойнақлы Алтынай Арзиева. – Президентимиздиң итибары ҳәм ғамқорлығы нәтийжесинде дипломымды нострификациялаўға еристим.
Мойнақлы талабанлардың барлығы имтиханнан табыслы өтти. Олар келешекте усы нострификаяланған дипломлары арқалы Мойнақта жумыс баслайды ҳәм өз аймағының раўажланыўына үлес қосады.

Сарбиназ Худайбергенова.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

    Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма