Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.02.2019 16:12
  • 1553

Әмиўдәрьяда муғаллимлердиң мийнет ҳақысынан услап қалыў басламасы кимнен шыққан?


Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги муғаллимлердиң айлық мийнет ҳақысынан услап қалыў усынысы Әмиўдәрья районлық ҳәкимлиги тәрепинен билдирилгенлигин анықлады. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги баспасөз хызмети Kun.uz сайтына мәлим еткен.
Анықланыўынша, Әмиўдәрья районлық ҳәкимлиги тәрепинен райондағы бюджет мәкемелери жумысшы хызметкерлериниң тәбийғый газ, электр энергиясы, ишимлик суўы ҳәм турмыслық шығынды төлемлери бойынша 2019-жыл февраль айы ушын жоба тастыйықланған. Бирақ, министрлик тексериўи нәтийжесинде тастыйықланған жоба неге тийкарланғаны ҳаққында мағлыўмат жоқ.
«Халық билимлендириў бөлимине коммуналлық төлемлер ушын 600 млн сумлық мәжбүрий жоба белгилеп берилген. Сол себепли, районлық халық билимлендириў бөлими тәрепинен райондағы 82 улыўма билим бериў мектебинде ислейтуғын 3288 хызметкердиң мийнет ҳақысынан жәми 440 млн сумлық қаржылар услап қалынған», - деп келтирилген Әдиллик министрлиги хабарында.
Мәлим етилиўинше, Халық билимлендириў бөлими тәрепинен мектеплер хызметкерлериниң мийнет ҳақыларынан коммуналлық төлемлер ушын услап қалыўда «Шөлкемлер ҳәм мәкемелер тәрепинен өз хызметкерлеринен коммуналлық хызметлер ушын ҳақыны мийнет ҳақыдан услап қалыў көринисинде қабыллаў тәртиби ҳаққында»ғы устав талапларына әмел етилмеген.
Уставқа муўапық, шөлкемлер коммуналлық хызметлер ушын мийнет ҳақыдан усланбаларды хызметкерлердиң жазба рухсаты тийкарында услап қалыўы шәрт.
«Бирақ, коммуналлық төлем ушын айлық мийнет ҳақы услап қалынған 783 хызметкерден разылық арзасы алынбаған ҳәм жәми 118 млн сум қаржы коммуналлық хызмет көрсетиўши кәрханалардың есап бетине өткерип берилген. Сондай-ақ, Уставтың 3-бәнтинде коммуналлық хызметлер ушын мийнет ҳақыдан усланба ҳаққындағы арзада хызметкер өз жеке есап бети, коммуналлық хызметлер баҳасы ҳәм түри, коммуналлық шөлкем реквизитлери ҳәм усланба әмелге асырылыўы зәрүр болған дәўирди көрсетиўи кереклиги белгиленген.
Бирақ, коммуналлық төлем ушын услап қалынған 2016 хызметкерден алынған арзаларда жеке есап бети, төленип атырған дәўир, коммуналлық хызметлер баҳасы ҳәм түри көрсетилместен жәми 256 млн сумм қаржы услап қалынған», - деп жазылған министрлик тексериўи бойынша хабарында.
489 хызметкердиң (65 млн сумлық) пул қаржысын услап қалыўда Устав талапларына әмел етилген.
Үйрениўлер нәтийжеси бойынша анықланған нызам бузылыў жағдайларының сапластырылғаны мәлим етилсе де, муғаллимлердиң мийнет ҳақысынан услап қалынған пуллар ийесине қайтарылғаны ҳаққында мағлыўматлар жоқ.
Еслетип өтемиз, ҳәкимлик тастыйықлаған жобаны орынлаў бойынша районлық Мәжбүрий орынлаў бюросы Халық билимлендириў бөлимине хат жоллап, мағлыўматларды усыныўды сораған еди. Бюро ҳәрекетлери бойынша тексериў өткерилгени бойынша елеге шекем ҒХҚда хабарлар жәрияланғаны жоқ.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын