
Пайтахтымыздың Гөне қала аймағына кирер жердеги мешит алдындағы Х.Абдамбетов көшесинде ремонт жумыслары алып барылып атырғанына байланыслы 26-августтан баслап көше жаўып қойылды. Гөне қала аймағына баратуғын транспорт қураллары Қарақалпақстан көшеси арқалы С.Айний көшеси менен ҳәрекетленбекте.
Х.Абдамбетов көшесиндеги ремонт жумыслары қашан жуўмақланатуғынлығы бойынша анық мағлыўмат берилмеди.
Ислам Матеков.