Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.02.2019 18:11
  • 2083

Бас прокуратура Шымбай районында 15 жаслы қыздың зорланыўы ҳаққындағы хабарға анықлық киргизди


Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы Қарақалпақстанда 15 жаслы қыздың топар болып зорланғаны ҳаққында ҒХҚларда тарқалған хабар бойынша «Дарё»ға анық мағлыўмат берди. Тастыйықланбаған мағлыўматларға қарағанда, оқыўшы қыздың бес айлық ҳәмилеси бар.
Бас прокуратура баспасөз хызметиниң бул мәселеге анықлық киргизиўинше, Қарақалпақстанда болып өткен ўақыяны бир неше басылымларда жәрияланғаны сыяқлы зорлаў, анықлаў етип айтқанда, топар болып зорлаў деп атаўға болмайды. Қыз 20 жаслы еркек пенен өз қәлеўине қарай байланыс орнатқан.
«Қарақалпақстанның Шымбай районы Ишки ислер басқармасы 13-февраль күни 1999-жылы туўылған еркекке Жынаят кодексиниң 128-статьясының 1-бөлими – 16 жасқа толмаған шахс пенен жынысый байланысқа кирисиў бойынша жынаят иси ашты», - деген Бас прокуратура баспасөз хаткери Сурайё Раҳмонова.
Нызамшылыққа муўапық, ержетпеген қыз бенен байланысқа кирискен жигит жәмийетлик жумыслардан 3 жыллық мүддетке еркинен айырыў жазасына шекемги жазаға тартылыўы мүмкин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда