Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.02.2019 12:11
  • 1597

Россия, Қазақстан ҳәм Қырғызстанға темир жол билетлерине 45 процентке шекемги шегирмелер енгизилмекте


Узақ аралықларға ҳәрекетленетуғын поездларда жолаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде шегирме ҳәм жеңилликлер енгизилди. Атап айтқанда, жолаўшылар Россия, Қазақстан ҳәм Қырғызстан аймақларынан өтетуғын халықаралық жөнелистеги поездларда усы шегирмелерден пайдаланыўы мүмкин. Бул ҳаққында «Өзбекстан темир жолары» баспасөз хызмети хабар бермекте.
Мүддетинен алдын билетлерди сатып алыў ўақты бойынша төмендегилер белгиленди:
- билет поездиң жөнеў күнинен 45-41 күн алдын сатып алынса, СВ ҳәм купе вагонлар ушын 55 процент;
- билет поездиң жөнеў күнинен 40-31 аралығында сатып алынса, СВ ҳәм купе вагонлар ушын 45 процент;
- билет поездиң жөнеў күнинен 30-6 күн алдын сатып алынса, СВ ҳәм купе вагонлар ушын 35 процент;
- билет поездиң жөнеў күнинен 45-41 күн алдын сатып алынса, плацкарт вагонлар ушын 45 процент;
- билет поездиң жөнеў күнинен 40-31 күн аралығында сатып алынса, палцкарт вагонлар ушын 35 процент;
- билет поездиң жөнеў күнинен 30-6 күн аралығында сатып алынса, плацкарт вагонлар ушын 25 процент.
Поезд жөнеп кетиўине қаншелли аз ўақыт қалыўына қарай шегирмелер де азайып барады. Бес күн қалғанда да билетлер белгиленген баҳаларда сатылады. Белгиленген шегирмелер жергиликли жөнелислерге енгизилмейди.
Жоқарыдағы жеңилликлер, шегирмелер «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, «Қазақстан темир жолы миллий компаниясы» АЖ, «Россия темир жоллары» ААЖ темир жолы администрациясы менен биргеликте әмелге асырылады.
Ҳәзирги ўақытта жолаўшы поездлары Ташкент-Москва, Әндижан-Москва, Ташкент-Қазан, Ташкент-Үргениш-Волгаград, Ташкент-Үргениш-Москва, Ташкент-Үргениш-Саратов, Ташкент-Новосибирск, Ташкент-Уфа, Ташкент-Челябинск, Ташкент-Алматы, Нөкис-Бейнеў ҳәм Нөкис-Алматы жөнелислеринде қатнамақта.
Сондай-ақ, Ташкент-Бишкек-Балықшы, Самарқанд-Астана мәўсимлик жөнелислери де бар. Соның менен бирге, акционерлик жәмийети тәрепинен халықаралық келисим тийкарында Өзбекстан аймағынан өтетуғын Кулаб-Москва, Душанбе-Москва ҳәм Хожент-Москва жөнелислеринде қатнап атырған жолаўшы поездларына да хызмет көрсетиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,