Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.03.2019 15:04
  • 1828

Жергиликли газеталардың бас редакторы лаўазымындағы ҳаял-қызлар

ЗУЛЕЙХА НУРМЕТОВА – Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, «Давр кўзгуси» газетасының редакторы.



1991-жылдан Өзбекстан Журналистлер дөретиўшилик аўқамының, 2006-жылдан Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы. 1998-жылы «Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен журналист» атағы, 2018-жылы «Дослық» ордени менен сыйлықланды. «Элликқала тароналари», «Истиқлол илҳомлари» қосықлар топламының авторы.

ГҮЛНАРА ДӘЎЛЕТМУРАТОВА – «Тахтакөпир таңы» газетасының редакторы.



1989-жылы «Тахтакөпир таңы» газетасында жумыс баслады. 2004-жылдан газетаның редакторы лаўазымында ислеп келмекте. 1999-жылдан Қарақалпақстан телеканалының районлық хабаршысы болып ислеп келмекте. «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 15 жыллығы» ҳәм «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 25 жыллығы» көкирек нышанлары менен сыйлықланды. 2015-жылы «Үлкенге ҳүрмет» китабы баспадан шықты. 2017-жылы Өзбекстан баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң ҳүрмет жарлығы, 2018-жылы «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.

ТИЛЕЎХАН ШӘМЕКОВА – «Тахиатас хабарлары» газетасының редакторы.



Мийнет жолын 1991-жылы Қарақалпақстан радиоканалынан баслады. 2000-жылдан Қарақалпақстан телеканалында ислеп келмекте, 2006-жылдан Тахиатас районының хабаршысы. «Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан» көрсетиўиниң дәслепки баслаўшыларының бири. 2014-жылдан «Нурлы жол» газетасының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты бойынша арнаўлы хабаршысы. 2014-жылы Қарақалпақстан телеканалының «Жылдың ең белсенди хабаршысы» номинациясы менен сыйлықланды. 2017-жылдан «Тахиатас хабарлары» газетасының редакторы болып ислеп келмекте.

ГҮЛИСТАН ҚАРАЖАНОВА – «Қоңырат ҳақыйқаты» газетасының редакторы.



1999-2006-жыллары Қарақалпақстан телеканалында редактор, 2006-2013-жыллары «Жәмийетлик-сиясий ҳәм социал-экономикалық бағдарламалары бас редакциясы»нда Қоңырат қаласы бойынша хабаршысы болып иследи. Ҳәзирде «Қоңырат ҳақыйқаты» газетасының редакторы.

ГҮЛЖӘҲӘН ТӘЖЕТДИНОВА – «Устаз жолы» газетасының бас редакторы.



Мийнет жолын 1999-жылы «Қарақалпақстан» баспасында редактор болыўдан баслады. 2004-жылы «Қарақалпақфильм» киностудиясында бас редактор болып иследи. 2006-жылдан «Устаз жолы» газетасында ислеп келмекте. 2011-жылы «Кеўил жийегимде атқан таң», 2015-жылы «Әдираспан моншақлары» китаплары жарық көрди. Жигирмадан аслам ҳүжжетли фильмлердиң авторы. «Саламат бала жылының ҒХҚда сәўлелендирилиўи» таңлаўының 1-орын, 2009-жылы «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўынының Қарақалпақстан Республикалық басқышы, 2015-жылы «Аталар сөзи – ақылдың көзи» таңлаўында 2-орын, 2018-жылы «Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўының жеңимпазы болды.

ГҮЛМИРА ПАЛЎАНОВА – «Қарақалпақстан мәденияты» газетасының редакторы.



2011-2014-жыллары Қарақалпақстан радиоканалында, 2014-2016-жылларда «Мәденият ҳәм спорт» газетасында иследи. 2017-жылдың 5-апрелинен баслап «Қарақалпақстан мәденияты» газетасының бас редакторы лаўазымында ислеп келмекте. 2013-жылы «Ижтимоий корхона, ижтимоий жамият, ижтимоий хизматлар» таңлаўында радио жөнелиси бойынша, 2016-жылы «Қамсызландырыў журналистлер нәзеринде» таңлаўында, «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўда хошаметленди. 2017-жылы «Жәмийет ҳәм мен» таңлаўында «Өз заманының қаҳарманларын сәўлелендирген журналистлик материал» бағдары бойынша 1-орын ийеси болды. 2015-жылы жазыўшы А.Әбдиев пенен биргеликте «Талантлы жаслар» китабы баспадан шықты.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы