Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.03.2019 13:03
  • 1904

Нөкистеги Президент мектебиниң тырнақ тасы қаланды

Нөкистеги Президент мектебиниң тырнақ тасы қаланды
Усы жыл 7-март күни Нөкис қаласынан қурылатуғын Президент мектебиниң дәслепки тырнақ тасы қаланды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар берди.
Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Раматов, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Мурадов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ҳәм басқалар қатнасып, Президент мектеби қурылыс жумысларының жойбары менен танысты.
Атап өтилгениндей, елимизде жаслардың интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын раўажландырыў, қәбилетли балаларды қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған реформалар, дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 2018-жылдың 15-16 ноябрь күни республикамызға сапары ўақтында жоқары потенциаллы кадрларды тәрбиялаў мақсетинде елимиздиң ҳәр бир аймағында биреўден жаңа типтеги Президент мектеплерин шөлкемлестириў, бул жумысты Қарақалпақстаннан, Нөкис қаласынан баслаўды усыныс еткен еди. Елбасшымыздың 2019-жыл 20-февраль күни «Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, бул бағдардағы жумыслар баслап жиберилди.
Нөкистеги Президент мектебиниң тырнақ тасы қаланды
Президент мектебиниң жаңа имараты ушын Нөкис қаласындағы «Қурылысшы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жаныннан 2х3 гектар жер майданы ажыратылып, қурылыс жумысларын усы жылдың 20 августына шекем толық жуўмақлаў жобаластырылған. Сентябрь айында жаңа оқыў жылы басланып, 5-10-класслардың ҳәр бирине 24 оқыўшыдан – жәми 144 оқыўшы оқыўға қабыл етиледи.
Президент мектеплеринде оқыўшылар Кембридж университетиниң халықаралық имтихан бөлиминиң тәжирийбели қәнигелери тәрепинен сайлап алынып, STEAM – билимлендириў» (Science – тәбийғый пәнлер Technology – технология, Engineering – техникалық дөретиўшилик, Art - көркем өнер, Mathematics – математика) бағдарламасы енгизиледи.
Нөкистеги Президент мектебиниң тырнақ тасы қаланды
-Бул мектеп қурылысының Нөкис қаласынан басланып атырғаны Президентимиздиң республикамыз халқына, соның ишинде, жасларымызға болған айрықша итибар ҳәм ғамқорлығы болып табылады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Аманжол Аяпов.-Жаңа мектепте оқыў инглиз тилинде алып барылатуғынлығы есапқа алып, сырт елли тәжирийбели педагогларды кеңнен тартыў жумыслары алып барылмақта.
Усы күни Президент мектебиниң дәслепки тырнақ тасы қаланып, қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген