Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.03.2019 13:11
  • 2268

Аралда көл пайда болды, қуслар қайтпақта


Аралдың қурыған майданы – Мойнақ районынан 200 километр узақлықтағы Возрождение атаўы аймағындағы Шағала деп аталатуғын орында усы жылдың январь айында жер асты душшы суўы табылған еди. Усы атылып шығып атырған суў дәреги әтирапында көл пайда болды ҳәм ол жерге қуслар ушып келе баслады. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Есимқан Қанаатов хабар берди.
- Ҳәзирги ўақытта биз Возрожение атаўы аймағында, яғный биринши қазылған қудықтың қасынан және бир қудық қаздық, - дейди Арал бойы дала гидрогеологиялық экспедициясының баслығы Шавкат Олимов. – Бул қудықтың суўы да душшы болып, қаттылығы 2,5 миллиграмм эквивалентке, минералласыўы болса литрине 2,5 граммға тең. Бул биринши қудықтың суўына қарағанда да душшы екени мәлим болды. Екинши қудықтан секундына 4-5 литр суў шықпақта. Ҳәзирги ўақытта атылып шығып атырған суўдың әтирапы көлге айланбақта. Ол жерге балықшы қуслар келе баслады. Аралға өмир қайтпақта. Бул әжайыбатларды биз өз көзимиз бенен көрип атырмыз. Басқа аймақлардан да қудықлардың бағдарлары изленбекте.
Қудықлар саны көбейсе, әлбетте, бул жерде ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясы раўажланады, шарўашылық жолға қойылады ҳәм басқа көплеген социаллық-экономикалық және экологиялық машқалаларға шешим табылады.
Ҳәзирги ўақытта Аралдың қурыған майданында қудықлар қазыў ушын 10 бригада тартылған, олар белгиленген аймақларда бурғылаў жумысларын алып бармақта. Бүгинги күнде және еки қудық 300 метрге шамалас қазылды. Бул орынлардан суў шығыўы күтилмекте.
Быйылғы жылы усындай қудықлардан 50 и қазылыўы жобаластырылған. Сондай-ақ, Арал бойы аймағындағы районларда өткен әсирде қазылып, суў шығарылған, бирақ жыллар өтиўи менен жарамсыз жағдайға келип қалған қудықларды қайта тиклеў бойынша да көрсетпелер берилген.

Аўдарма: Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити