Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.03.2019 11:36
  • 1473

Жәмийетшилик пенен байланыслар тараўындағы машқалалар ҳәм алдағы ўазыйпалар додаланды

Жәмийетшилик пенен байланыслар тараўындағы машқалалар ҳәм алдағы ўазыйпалар додаланды
Усы жыл 12-март күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан хабар агентлиги, Қарақалпақстан Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы, Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика кафедрасының шөлкемлестириўинде «Жәмийетшилик пенен байланыслар: Машқалалар ҳәм алда турған ўазыйпалар» атамасындағы семинар болып өтти.
Семинарға тийисли тараў басшылары, мәмлекетлик уйымлар, министрликлер ҳәм шөлкемлердиң, сондай-ақ, жоқары оқыў орынларының баспасөз хызмети, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистика кафедрасының профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажды Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының Қарақалпақстан бөлими баслығы К.Реймов басқарып барды.
Семинарда атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде мәмлекетлик уйымлардың пуқаралар ҳәм ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў механизми түп-тийкарынан өзгерип, жәмийетшилик пенен байланысларды беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Жәмийетшилик пенен байланыслар тараўындағы машқалалар ҳәм алдағы ўазыйпалар додаланды
Усы бағдардағы әмелге асырылып атырған жумысларды еле де раўажландырыў мәселелери Президентимиздиң усы жыл 17-январь күни қабыл етилген «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Пәрманында, соның менен бирге, усы бағдарлама шеңберинде 2019-жыл 2-февраль күни Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасы Президенти администрациясы жанында мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары ҳәм «Мәлимлеме тараўын ҳәм ғалаба коммуникацияларды буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманында жәмийетшилик пенен байланыслар, яғный пиар хызметин жетилистириў мәселелери атап өтилген.
Жәмийетшилик пенен байланыслар тараўындағы машқалалар ҳәм алдағы ўазыйпалар додаланды
Жәмийетшилик пенен байланыслар тараўындағы машқалалар ҳәм алдағы ўазыйпалар додаланды
Жәмийетшилик пенен байланыслар тараўындағы машқалалар ҳәм алдағы ўазыйпалар додаланды
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының баспасөз хаткери Ч.Елмуратов, Қарақалпақстан Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы баслығы А.Бекмуратов, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң директоры Б.Нурабуллаев, Қарақалпақстан телерадиокмопаниясы директоры Б.Елманов, журналистика кафедрасы доценти З.Қожықбаева ҳәм тийисли министрликлер ҳәм шөлкемлердиң баспасөз хызмети ўәкиллери сөзге шығып, тараўда орын алып атырған машқалаларды унамлы шешиў, алдағы ўақытта әмелий нәтийжелерге ерисиў бойынша бирге ислесиў мәселелерин кең түрде додалады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал