Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.03.2019 16:07
  • 1846

Қазақстан Парламенти Астананың атын өзгертиў ҳаққындағы нызамды мақуллады. Енди пайтахттың аты өзгере ме?

Қазақстан Парламенти Астананың атын өзгертиў ҳаққындағы нызамды мақуллады. Енди пайтахттың аты өзгере ме?
Қазақстан Парламенти мәмлекет пайтахты Астананың атын өзгертиў ҳаққындағы нызамды мақуллады.
- Сенаттағы 43 депутаттың 43 и, Мәжилистеги 103 депутаттың 103 и мақуллады. Усылайынша, ҳүрметли кәсиплеслер, тарийхый шешим қабылланды,- деди Мәжилис баслығы Нурлан Нығматулин палата жыйналысында.
Қасым-Жомарт Тоқаев Қазақстан халқына ант берип, мәмлекет президенти болғаннан соң, Астана қаласын Нурсултан деп өзгертиўди усынған еди.
- Астананың атамасы референдумсыз өзгериўи мүмкин, - деп хабарланған еди буннан алдынғы хабарларда.
- Қазақстан Республикасының Конституциясына муўапық ҳүкимет республика президентине Астананың атамасын өзгертиў ҳаққында Конституцияға өзгерислер киргизиў ушын республикалық референдум өткериў ҳаққында усыныс билдирди. Президент бул усынысты референдумға шығармай, Парламенттиң көрип шығыўы ушын жибериўге усыныс билдирди. Конституциялық кеңес бул мәселе бойынша унамлы шешим қабыллады, - деп айтып өткен Нурлан Нығматулин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

    Ҳүкимет қарары менен Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде студентлерге грантларды бериў ҳәм қайта бөлистириў тәртиби ҳаққындағы реже