Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.03.2019 18:03
  • 1933

Дүньядағы бахытлы мәмлекетлер рейтинги жәрияланды. Өзбекстан нешинши орында?


Өзбекстан дүньядағы ең бахытлы мәмлекетлер рейтингинде 41-орынды ийеледи. Бул ҳаққында БМШның буйыртпасы тийкарында таярланған «World Happiness Report 2019»да келтирип өтилген, деп жазады Kun.uz.
БМШның турақлы раўажланыўды тәмийинлеў усыллары бойынша тармағы дүньядағы ең бахытлы мәмлекетлер бойынша есап ҳәм рейтингди жәриялады.
Рейтингке улыўма 156 мәмлекет киргизилди. Экономика, психология, статистика ҳәм басқа илимий бағдардағы тараў қәнигелери рейтингди дүзиўге қатнасқан.
Экспертлер баҳалаў критериялары сыпатында алты факторды сайлап алды: халықтың ҳәр бир адам санына туўра келетуғын ҳақыйқый улыўма ишки өним, саламат турмыстың даўамлылығы, жақын әтираптағы бир адамға сүйениў имканияты, турмыслық қарарларды қабыл етиўде еркинликтиң субъективлик дәрежеси, коррупциядан қорғалғаны ҳәм қолы ашықлық.
Есап мағлыўматларына қарағанда, Өзбекстан 6,174 индекс пенен бурынғы Аўқам аймағындағы ең бахытлы мәмлекет сыпатында тән алынды. Атап өтиў керек, өткен жылы Өзбекстан бул рейтингде 44-орынды ийелеген еди.
Рейтингниң жоқары орынларынан Финляндия (1-орын), Дания (2-орын), Норвегия (3-орын), Исландия (4-орын) ҳәм Голландия (5-орын) орын алды. АҚШ рейтингде 19-орынды, Уллы Британия болса 15-орынды бәнтледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 14.11.2016-жылдағы 378-санлы қарарына муўапық, баланың фамилиясына "-ев", "-ов", "-ева", "-ова" сыяқлы ҳәм...

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде