Telegram karinform

Экономика

  • 27.03.2019 14:06
  • 1515

АҚШ Өзбекстан пахтасын «қара дизим»нен шығарды


АҚШ Мийнет департаменти Өзбекстанда жетистирилген пахтаны мәжбүрий ямаса балалар мийнети арқалы жетистирилген өнимлердиң «қара дизими»нен шығарды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Өткен жылдың жазында басланған тексериў нәтийжесинде ҳәзирги ўақытқа келип, бул мәмлекеттиң пахта атызларында балалар зорлап ислетилип атырғаны жоқ, деп табылған. Мийнет департаменти Өзбекстанды дизимнен шығарыў бойынша дәслепки усынысын 2018-жыл 31-июльда киргизген еди.
Министрлик бул бағдарда Өзбекстан ҳүкимети, инсан ҳуқықлары шөлкемлери, Вашингтонда тийкарланған «Пахта кампаниясы» халықаралық коалициясы берген есапларды үйренип шыққан.
- АҚШ ҳүкимети департаментлери бар мағлыўматлар ҳәм жетип келип атырған мәлимлемелерди үйренип шығып, Өзбекстандағы пахта өнимин жетистириўде балалардың мәжбүрий мийнетинен пайдаланыў сезилерли дәрежеде кемейгенине ҳәм балалар мийнети тек айрым жағдайларда ғана бақланған, деген жуўмаққа келди. Соның ушын, енди бул өним ЕО дизиминде қалыўына тийкар жоқ, - деп жазылған АҚШ Мийнет департаментиниң баянатында.
Бул қарардың әҳмийетли тәрепи сонда, Американың қандайда бир компаниясы ямаса шөлкеми мәжбүрий ямаса балалар мийнети менен жетистирилген өним менен ислей алмайды. 1999-жылы енгизилген тәртипке муўапық, балалар мийнети бақланатуғын мәмлекетлер менен байланыс шеклениўи керек.
Өзбекстан пахтасын «қара дизим»нен шығарыў республика менен бирге ислесиўди аңсатластырады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет