Telegram karinform

Экономика

  • 27.03.2019 15:10
  • 1846

Бажыханашылар вагон отырғышлары ишине жасырылған 180 миллион сумлық темеки өнимлерин анықлады


«Қарақалпақстан» темир жол шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен елимизге кирип келген «Москва-Ташкент» жолаўшы поезди бажыхана тексериўинен өткерилгенде, пуқара С.С. тәрепинен вагон отырғышлары ишине жасырылған баҳасы 180 миллион сумнан көп болған 2930 қуты темеки өнимлери ҳәм 62 қуты саққызлары бар екенлиги анықланды. Бул ҳаққында ӨзР Мәмлекетлик бажыхана комитети хабар берди.
Сондай-ақ, «Даўыт ата» шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен әмелге асырылған бажыхана тексериўи даўамында пуқаралар М.А. ҳәм И.М. лар тәрепинен бажыхана тексериўинен жасырын тәризде елимизге алып кирмекши болған баҳасы 13 миллион сумлық 145 дана парфюмериялық өнимлер бар екенлиги анықланды.
Усы посттың өзинде «Лада Ларгус» маркалы автомобильде елимизге кирип келген пуқара С.И. белгиленген тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилди. Нәтийжеде оның автомобилинен бажыхана тексериўинен жасырылған баҳасы 14 миллион сумлық 8 дана қол рациялары бар екенлиги анықланды.
Ҳәзирги ўақытта бул жағдайлар бойынша бажыхана тексериўлери даўам еттирилмекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға