
ӨзА веб-сайтында усы жылдың 8-апрель күни «Қанликўлда тадбиркорлар туман ҳокимига қарши жанжал кўтармоқда» атамасындағы район исбилерменлериниң мүрәжаты жәрияланған еди.
Мүрәжатта исбилерменлердиң район ҳәкимлиги тәрепинен олардың келисимисиз саўда дүканларының бузылыўы жобаластырылып атырғаны, бирақ оған компенсация пулы төленбеўи мәлим болғаны бойынша шағым берилген еди. Бул мүрәжат бойынша район ҳәкими Д.Толыбаев ӨзАға исбилерменлердиң ҳеш қайсысының дүканы бузылмағаны, бирақ ескертилгени, дүканлар бузылған жағдайда да оларға компенсация пулы төлениўи ямаса қурылыс ушын жер майданы берилиўи нәзерде тутылғанлығын мәлим етти.
Бул илажлар Қанлыкөл районы орайын комплексли социаллық-эксономикалық раўажландырыў бойынша Ҳүкиметлик тапсырмаларды орынлаў бойынша алып барылып атырғанын атап өткен. Төменде район ҳәкимлиги тәрепинен жазба түрде берилген рәсмий мүнәсибетти дыққатларыңызға усынамыз.
«Қанлыкөл районы ҳәкиминиң 2019-жыл 27-март күни «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2019-жыл 25-марттағы Қанлыкөл районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын илажлар ҳаққындағы 17-санлы мәжилис протоколы тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында»ғы 660/3-санлы қарары қабыл етилген.
Район орайын заманагөй архитектуралық көриниске келтириў мақсетинде районның бас жобасы ислеп шығылып, усы бас жобада Қанлыкөл районы орайындағы «Ғәрезсизлик» көшеси районлық медициналық бирлеспеси имараты және районлық көп тармақлы орайлық поликлиникасы имаратлары қасында жайласқан 54 ески саўда дүканлары орнына халыққа медициналық хызмет көрсетиў орайлары ҳәм дәриханалар қурыў жобаластырылған. «Ғәрезсизлик» көшесиниң тарлығы, көшениң бир тәрепинде районлық медициналық бирлеспеси және районлық көп тармақлы орайлық поликлиникасы, екинши тәрепте ески саўда орынларының жайласқаны, көшеде автомобиль қатнаўының көплиги ақыбетинде жол-транспорт ҳәдийселери көп ушыраспақта. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының 2019-жыл 25-март күнги мәжилис протоколының 20-бәнтинде Қанлыкөл районы орайының заманагөй архитектуралық көринисин жақсылаў мақсетинде «Ғәрезсизлик» көшеси бойындағы орайлық емлеўхана имараты алдында жайласқан ески саўда дүканларын «Алтынкөл гүзары» көшеси бойында жайласқан жаңадан қурылған Қанлыкөл дийқан базары әтирапына көшириў илажларын көриў тапсырылған. Көширип өтилетуғын саўда дүканлары ушын исбилерменлерге қолайлы шараят жаратыў мақсетинде Қанлыкөл дийқан базары қасынан жер майданлары ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2006-жыл 29-майдағы «Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик мүтәжликлер ушын жер участкаларының алып қойылыўы мүнәсибети менен пуқараларға ҳәм юридикалық шахсларға жеткерилген зыянларды қаплаў тәртиби ҳаққындағы уставты тастыйықлаў ҳаққында»ғы 97-санлы қарары тийкарында тийисли тәртипте баҳалаў ҳәм компенсациялық төлемлерин әмелге асырыў жумыслары алып барылды. Бул мәселелер бойынша быйылғы жылы 23-март күни район ҳәкимлигинде ҳәким ҳәм исбилерменлердиң ушырасыўында түсиниклер берилген еди.
Район орайындағы «Ғәрезсизлик» көшеси бойында жайласқан 54 ески саўда дүкан ийелери болған исбилерменлерге имаратларды бузып көшириў, берилген жер участкаларына жаңадан дүкан имараты қурып питкерилемен дегенше Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-2853-санлы қарарының 10-бәнтине тийкарланып, «NBU BUNYODKOR INVEST» базар қурылыс дирекциясы тәрепинен «Алтынкөл гүзары» көшеси бойында 2018-жылдың май айында толық қурып питкерилген баҳасы 4 млрд 152,3 млн сумлық 178 орынлық супермаркет имараты, 1 дана 100 орынлық, 1 дана 50 орынлық навеслерден пайдаланған ҳалда саўда хызметлерин әмелге асырыўы мүмкин екенлиги түсиндирилди.
Ҳәзирги күнде район орайындағы «Ғәрезсизлик» көшеси бойында жайласқан 54 ески саўда дүканларында бузыў ямаса басқа орынға көшириў жумыслары басланбағанлығын ҳәм ҳеш бир исбилерменниң дүкан имаратына зыян жеткерилмегенин мағлыўмат ушын билдиремиз».
Аўдарма: Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


