
Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў ағласы, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң «Ҳүрмет жарлығы» ийеси, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының үлкен оқытыўшысы Роза Рзаеваның 60 жыллық юбилейи мүнәсибети менен институтта салтанатлы илаж болып өтти.
Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ҳәм шет тиллери факультети деканы И.Дильманов басқарып барды.


Салтанатлы илажда институттың инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы баслығы К.Бабажанова, усы кафедра үлкен оқытыўшысы Д.Мамырбаевалар юбилярдың өмири, илимий-педагогикалық мийнетлери, атап айтқанда, халық шайыры Ибрайым Юсупов мийнетлерин инглис тилине аўдармалаў мәселелериниң илимий-мәдений әҳмийетине кең түрде тоқталып өтти.
Роза Рзаева өз мийнет жолын 1981-жылы сол ўақыттағы Нөкис мәмлекетлик университети (ҳәзирги Қарақалпақ мәмлекетлик университети)н табыслы питкерип, инглис тили кафедрасында оқытыўшы болып ислеўден баслаған.
1982-1983-жыллары Ташкент мәмлекетлик университетиниң инглис филологиясы кафедрасында стажёр-излениўши сыпатында өз тәжирийбесин арттырады.
1983-1987-жыллар аралығында излениўши сыпатында «Синтагматические особенности публицистического функционального стиля английского языка (на материалов тексте эссе)» атамасындағы кандидатлық диссертация үстинде илимий излениўлер алып барды.

1994-жылдан баслап усы күнге шекем Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы баслығы, үлкен оқытыўшысы сыпатында мийнет етип, көплеген шәкиртлер таярлап, халық хожалығы ушын жоқары маманлыққа ийе кадрлар таярлап келмекте.
Роза Рзаеваны кең жәмийетшилик ўәкиллери қарақалпақ халқының әдебий дөретпелерин инглис тилине шебер аўдармалайтуғын уллы инсан сыпатында жүдә жақсы таныйды.
Оның авторлығындағы «Issues of literary translation (Lyricism of the karakalpak poet I.Yusupov)», «Tasks in modern English lexicology», «English folklore for children», «Халық ардағына ерискен инсан» атамасындағы мийнетлери қунлы.
Салтанатлы илажда «Жас дилмашлар» дөгереги ағзалары Роза Рзаеваның аўдармаларынан сахналық көринислер көрсетип, концерт бағдарламасын қурып берди.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


