Журналистлер ҳеш кимниң машқаласын шешпейди! Көпшилик адамлар қандай да бир машқалаға дус келсе, тийисли органларға хабарласады. Бирақ, нәтийже болмаған жағдайда журналистлерге өзлериниң машқаласын ҳәм оның тийисли органлар тәрепинен ўақтында сапластырылып берилмегенлигинен шағым етеди. Бундай ўақытта әлбетте, журналист өзиниң өткир қәлемине ғана исенип, болған жағдайды НЕЙТРАЛ түрде туўрылығынша баҳалаўға ҳәм оны ақ қағаз бетлерине қаралаўға ҳәрекет етеди. Бундай машқалалардың төртинши ҳәкимият сыпатында өз искерлигин жүригизиўши ғалаба хабар қураллары арқалы жәрияланғаннан соң ғана тийисли органлар машқаланың шешимин излей баслайды.
Әлбетте, 2018-жыл ғалаба хабар қураллары хызметкерлери әсиресе, интернет-журналистлери ушын бираз болса да «еркин» жыл болды. Өткен жыл даўамында интернет сайтлары, блоглары ҳәм социаллық тармақларда жәмийетшилик пикирин оятатуғындай, көпшиликтиң қызғын талқылаўына себепши болған көплеген темалар көтерилди. Булардың қатарына интернет тезлигиниң «артыўы», «Өзбекстан ҳаўа жоллары» монополиясы, «UzCard»тағы насазлықлар, Ақтөбедеги бахытсыз ҳәдийсе, мәжбүрий мийнетке белгили дәрежеде шек қойылғанлығы сыяқлы мәселелерди киригизиўге болады. Булардың барлығынан соны көриўимизге болады, журналистлер адамлардың машқалаларын шешпейди. Ол тек жәмийеттиң қайсы буўынында қандай кемшиликлердиң гүзетилип атырғанлығын жазып, оны сапластырыў кереклигин ескертип турады. Соның ушын да журналистти машқалаларды шешиўши емес, ал
МАШҚАЛАЛАРДЫ САПЛАСТЫРЫЎ ЖОЛЛАРЫН КӨРСЕТЕТУҒЫН кәсип ийеси деп атаў мүмкин. Бул хызмети ушын журналистлерди қараңғыда әтирап-дөгеректи жақтыландырып, адамларға жол көрсетиўши маякқа мегзетиў мүмкин.
Сахибжамал Есемуратова,
журналист