Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.04.2019 15:08
  • 1287

Өрт қәўипсизлиги басқармасы Айрықша жағдайлар министрилигине өткерилди


Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2019-жыл 10-апрель күни «Өзбекстан Республикасында айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў, өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң сапалы жаңаша системасын енгизиў ҳаққында»ғы пәрманы және «Айрықша жағдайлар структураларының жумысларын еледе жетилистириў бойынша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойылды.
Мағлыўматларға қарағанда, қабыл етилген ҳүжжетлерге муўапық Айрықша жағдайлар министрлиги структурасына:
- Ишки ислер министрлигинен Өрт қәўипсизлиги бас басқармасы, оның аймақлық ҳәм қурамлық бөлимлери және Өрт қәўипсизлиги институты;
- Қорғаныў министрлигинен Гидрометеорологиялық процеслерге тәсир етиўди басқарыў хызмети өткерилди.
Сондай-ақ, Гидрометеорологиялық хызмет орайы Айрықша жағдайлар министрлиги системасынан Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қурамына өткерилмекте.
Ҳүжжетке муўапық, Нөкис, Қаршы, Самарқанд ҳәм Ферғана қалаларында кең көлемли айрықша жағдайларды сапластырыў ушын арналған аймақлық өрт-қутқарыў отрядлары шөлкемлестирилмекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал