Устав капиталлары (қорлары)ндағы аймақлық «Агросервис МТП» ЖШЖлардың үлеси исбилерменлик субъектлерине сатылатуғын машина-трактор парклериниң дизими тастыйықланды.
Президент тәрепинен қол қойылған «Аграр секторды аўыл хожалығы техникалары менен өз ўақтында тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарда Өзбекстан бойынша 86 машина-трактор паркиниң аты келтирилген.
Олар арасында Қарақалпақстан Республикасынан «Беруний Агросервис МТП», «Елликқала Агросервис МТП» ҳәм «Әмиўдәрья Агросервис МТП» ЖШЖлары да келтирилген.
Оларды исбилерменлик субъектлери баҳалаў тийкарында машина-трактор парклериниң тийкарғы хызмет түрин (механизация ҳәм сервис хызметлерин көрсетиў) сақлап қалыў ҳәм 5 жыллық мүддетке бөлип төлеў шәрти менен сатып алыўы мүмкин.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz